Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Салық ҳәм басқа төлемлердиң ең кем ис ҳақы муғдарына байланыслы болыўы тоқтатылады



«Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасы жойбарын еле де жетилистириў ҳәм пуқаралар менен мәсләҳатлескен ҳалда ислеп шығыў мақсетинде жәмәәтшилик додалаўы ушын усынылды.
Мәмлекетлик бағдарлама жойбарында «Ең кем айлық ис ҳақы муғдарын белгилеў тәртибин қайтадан көрип шығыў»да киргизилген.
Яғный: - Салық ҳәм басқа төлемлердиң ең кем ис ҳақы муғдары менен байланыслы болыўын тоқтатыў; - Хызметшилердиң ис ҳақы муғдарын бирден бир тариф сеткасы бойынша тариф коэффициентин асырыў есабына көбейтиў;
- Пенсия, стипендия ҳәм напақалар муғдарын бирден-бир тариф сеткасы бойынша тариф коэффициентлерин асырыў көрсеткишлеринен келип шығып көбейтиў нәзерде тутылмақта.
2019-жылдың 1-мартына шекем Финанс министрлиги, Мийнет министрлиги, Экономика министрлиги, Орайлық банкке буларды өзине сәўлелендирген тийисли ҳүжжет жойбарын ислеп шығыў ўазыйпасы жүклетилди.
 
    2019-01-04 17:09:23 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine