Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Россиялы қәнигелер Қарақалпақстанда



17-апрель күни республикамызға Өзбекстан жаслар аўқамы жанындағы Имканияты шекленген балалар ҳәм жаслар орайының ўәкиллери менен Россия Федерациясының делегация ағзалары келди.
Аутизм кеселлиги менен наўқасланған балалар ҳәм олардың ата-аналары, имканияты шекленген балалар ҳәм жаслар, қалалық ҳәм районлық халық билимлендириў бөлимлерине қараслы дефектолог методистлер, медицина хызметкерлери қатнасыўында «Аутизм кеселлиги менен наўқасланған балалар менен ислесиў, қарым-қатнас жасаў, сәўбетлесиў ҳәм оларды оқытыў өзгешеликлери» атамасында семинар ҳәм ушырасыў өткерилди.
Делегация қурамында «Россия гуманитарлық миссия»сы мәмлекетлик емес коммерциялық шөлкеминиң директоры Алексей Полковников ҳәм шөлкемниң, сондай-ақ, Емлеў педагогикалық орайы қәнигелери бар болып, олар республикамыздың түрли районларынан келген аутизм келеллиги менен наўқасланған жигирмадан аслам балаларды тексериўден өткерип, олардың ата-анасы менен сәўбетлести ҳәм қәнигелер өз кеңеслерин берди.
Делегация ағзалары күнниң екинши ярымында И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи ҳәм реабилитациялық орайға ийе болған «Имкан» мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде, сондай-ақ, Балалар ҳәм шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ассоцациясы Қарақалпақстан Республикалық бөлиминде  болды.
 
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги
 
    2019-04-18 13:57:42 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine