Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Республикалық көп тармақлы медицина орайында «Мийирбийке-2019» таңлаўы өткерилди



2019-жыл 6-апрель күни Республикалық көп тармақлы медицина орайында «Мийирбийке-2019» таңлаўы өткерилди. Таңлаўды орайдың бас шыпакери медицина пәнлери докторы профессор О.Т.Ирисов ашып берди ҳәм қатнасыўшыларға өз тилеклерин билдирди. Таңлаўда мийирбийкелердиң тез медициналық жәрдем көрсетиў, медицинадан теориялық ҳәм әмелий билими, шаққанлығы, зийреклиги, мәдениятлылығы сынақтан өткерилди. Таңлаўда 8 мийирбийке 5 шәрт бойынша беллести.
Таңлаўдың 5 шәрти бойынша Реанимация-анестезиология бөлиминен – Ж.Жолдасова жыйнап биринши орынды ийеледи. Екинши орынды Гастроэнтерология бөлиминен – А.Халекеева, үшинши орынды Интинсив терапия бөлиминен – Н.Жумабаева алды.

Дерек: http://rktmo.uz
    2019-04-18 13:55:50 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine