Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Рәсмий: Енди пропискасыз жумысқа қабыллаў мүмкин



2019-жыл 10-январьдан прописка жумысқа қабыллаўда тосқынлық есапланбайды, деп хабар берди Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Өзбекстан Президентиниң жақында қол қойған нызамына тийкарланып. 
Мийнет кодексиниң жаңаланған 80-статьясына муўапық, енди ўақтынша ямаса турақлы прописка яки жасаў орны бойынша есаптың жоқлығы жумысқа қабыллаўда яқ деў ушын тийкар болмайды.
Жумысқа қабыллаўда жумысқа кириўши шахстың паспорты ямаса нызамлы күшке ийе болмаған шахсты анықлаўшы басқа ҳүжжетлери болмаған жағдайды бийкарланыўы мүмкин.
Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстен де ўақтынша ямаса турақлы пропискасы жоқ ямаса жасаў бойынша есапта турмаған шахсты жумысқа қабыллағаны ушын ең кем айлық ис ҳақының 10нан 15 есесине шекем муғдарда жәриймаға тартыўды нәзерде тутыўшы 223-2-статья шығарып тасланды.
 
    2019-01-10 16:41:57 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine