Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

QMUdıń Qońırattaǵı filialın ashıw usınıs etildi



Derek: kknews.uz
 
«Менинг фикрим» жәмийетлик мүрәжатлар порталында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Қоңырат филиалын шөлкемлестириў ҳаққында петиция жәрияланды.
Мүрәжатта Қарақалпақстан Республикасының Қоңырат ҳәм Мойнақ районлары жасларының жоқары билим алыўына кең имканият жаратыў ҳәм қәнигели кадрлар таярлаў мақсетинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Қоңырат филиалын шөлкемлестириў усыныс етилген.
Атап өтилиўинше, филиалдың шөлкемлестирилиўи усы еки район менен биргеликте, Шоманай ҳәм Қанлыкөл районлары жасларының да жоқары билим алыўына қолайлы имканиятларды жаратады.
«Жоқарыдағыларды есапқа ала отырып, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Қоңырат филиалын шөлкемлестириўди усыныс етемен», – деп жазады петиция авторы.
 
    2019-08-16 15:46:19 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine