Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Qaraqalpaqstanlı qızlar jeńimpaz



Derek: kknews.uz
 
Хабарыңыз бар, усы жылдың 1-4-март күнлери аралығында жоқары оқыў орынларының студент-қызлары арасында «киши олимпиада» есапланатуғын «Универсиада-2020» спорт жарысларының волейбол бойынша финал басқышы Нөкис қаласында болып өтти.
Жарысқа аймақлық басқышта жеңимпазлықты қолға киргизген Қарақалпақстан Республикасы, Самарқанд, Наманган ҳәм Жиззақ ўәлаятларының сайланды командалары қатнасты.
Өз ара ойын даўамында жиззақлы спортшыларды жеңип шыққан қарақалпақстанлы қызлар жарыс жуўмағында 1-орынды ийеледи. Наманган ўәлаяты командасы 2-орын, ал 3-орын жиззақлы жасларға несип етти. Қарақалпақстан сайланды командасының қурамы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студент-қызларынан ибарат болды.Спортшыларды жарысқа спорт устасы Азат Казаков таярлады.
Волейбол бойынша «Универсиада-2020» спорт жарысларында 1-орынды ийелеген Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы 2021-жылы өткерилетуғын дүнья жүзилик «Универсиада» ойынларына жолламаны қолға киргизди.
 
 
    2020-03-05 18:05:26 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine