Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Qaraqalpaqstanda «My garden in the Aral Sea» joybarı ámelge asadı



Derek: @huqiqiymalimleme
 
«Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Арал бойы халықаралық инновациялық орайы жумысларының нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди. Қарарға муўапық, Арал теңизиниң қурыўы ақыбетлерин сапластырыў және туристлер санын арттырыўға бағдарланған «My garden in the Aral Sea» («Арал теңизиндеги бағым») агро ҳәм экотуризм жойбары әмелге асырылады.
Халықаралық инновациялық орайдың зәрүрликлеринен келип шығып, тәжирийбе-сынаў майданларын шөлкемлестириў мақсетинде Қарақалпақстан аймағындағы резервтеги жер майданлары, Арал теңизиниң қурыған ултанындағы аймақтан және Арал бойы аймағындағы тоғаў қоры жерлеринен жер майданлары ажыратылады.
Нөкис қалалық Орайлық базарынан Нөкис районындағы Халықаралық инновациялық орай аймағына шекемги болған жөнелисте турақлы түрде жәмийетлик транспорт қатнаўы шөлкемлестириледи. Мағлыўмат ушын, Халықаралық инновациялық орай тәрепинен «Мойнақ» ҳәм «Саманбай» тәжирийбе-сынаў майданлары шөлкемлестирилген, сондай-ақ, шорланыў ҳәм шөлге шыдамлы шөл ҳәм декоратив өсимликлер генофондын қәлиплестирип, 13 түрдеги өсимлик дүньясы объектлери сынаўдан өткерилмекте.
 
    2020-02-13 16:09:53 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine