Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Qaraqalpaqstanda kúshli dawıl aqıbetinde 34 jay bastırması ushıp ketti



Derek: Qaraqalpaqstan xabar agentligi
 
Нөкис қаласында 14-июнь күни саат 20:30 лар шамасында 18-23 м/с тезлигиндеги самал ақыбетинде қумлы даўыл көтерилди. Қарақалпақстан Республикасы Айырықша жағдайлар басқармасының мағлыўматларына қарағанда, күшли самал батыс тәрептен есип, жердеги қумларды ҳаўаға көтерди. Қум ақыбетинен аралықты көриў дәрежеси шекленди. Даўыл 5-6 минут даўам етти. Даўылдан соңғы жағдай көринислердегидей болды.
 
Газета.uz сайтының Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлигине тийкарланып хабар бериўинше, жайлардың төбе бастырмаларының ушып кетиў жағдайлары Нөкис қаласында көбирек ушырасқан, Қарақалпақстан бойынша улыўма 34 усындай жағдай анықланған.
Атап айтқанда, Нөкис қаласында 27, Хожели районында 2, Шоманай районында 4, Тақыятас районында 1 жайдың төбе бастырмасы ушып кеткени дизимге алынған.
 
«Өзгидромет» шаң ҳәм дуздың қурғақ бөлекшелери көп муғдарда ушыраўы себепли, шаңлы боранға айланып кететуғын самаллар Өзбекстанның арқа-батысы ушын әдеттеги жағдай болып есапланады, деп хабар берди.
«Өзгидромет» ўәкиллериниң атап өтиўинше, 14-июнь күни жүз берген жағдай – аномал жағдай емес. «Бул аномал процесс емес. Шаңлы боранлар, регионда жүзеге келген жағдай ҳәм климаттан келип шығып жуўмаққа келетуғын болсақ, Қарақалпақстан ушын тән. Самалдың тезлиги секундына 20 метрге шекем күшейиўи прогноз етилген еди. Әдетте бундай самал шаң ҳәм дуз бөлекшелерин ҳаўаға көтереди», – деп мағлыўмат берди «Өзгидромет» ўәкиллери.
 
    2019-06-17 14:41:40 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine