Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Qaraózekte «Hákim hám jaslar» ilaji ótkerildi



Derek: @QaraozekHakimligi
 
Қараөзек районы ҳәкими Роман Жумабаев жаслар ушын әҳмийетли машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша ис-иләжларын көриў, жаслардың усыныс ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде жаслар менен ушырасыў өткерди. Онда жаслардан бир қанша усыныслар қабыл етилди. Атап айтқанда, районда спорт түрлерин кеңнен ен жайдырыў  жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў “Аралды қутқарайық” жойбарын даўам етиў, “Жаслар қурылыс отряд”ларын шөлкемлестириў “Ҳәр бир жасқа 20 нәл” жойбары тийкарында мийўе нәллерин егиў жумысларын шөлкемлестириў, “Бес баслама – бес имканият” жаслар фестивалларын өткериў бойынша усынысларын билдирди. Жаслардың усыныс пикирлери район ҳәкими тәрепинен қоллап куўатланды. Ушырасыў соңында райондағы бир қатар жеке исбилерменлер өз өнимлери ҳәм көргизбелери менен қатнасып жасларымыз олардың ислеп атырған жумыслары менен кеңнен танысты.
 
    2020-02-07 14:11:04 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine