Qaraózekte «Bes baslama Nawrızda» bayram keshesi ótkerildi
Derek: qoraozak.rk.uz
Қараөзек районында 26-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде жақынласып қалған Наўрыз улыўма халықлық байрамы алдынан “Бес баслама Наўрызда” атамасында байрам кешеси шөлкемлестирилди.Оған бир қатар нураныйлар мектеп оқыўшыларының ата-аналары менен мектеп муғәллимлери қатнасты. “Бес баслама бес имканият” ураны тийкарында мектеп оқыўшыларының миллий спорт ойынлары, қол өнерлери менен китаплар көргизбелери шөлкемлестирилип жыйналғанлар нәзерине усынылды. Байрам кешеси соңында мектеп оқыўшыларының таярлаған концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды.