Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Qanlıkólde kelip shıqqan órt boyınsha maǵlıwmat berildi



Derek: zaman.uz
 
Қарақалпақстан Республикасы Өрт қәўипсизлиги басқармасы тәрепинен берилген мағлыўматқа қарағанда, 11-июнь күни саат 15:10 әтирапында Қанлыкөл районы «Мәденият» МПЖ, Ғәресизлик көшеси турғынының  турақ жайы асханасында өрт келип шықты. Ўақыя орнына еки өрт өшириў экипажы жетип барып, өртти толығы менен сапластырып, турақ жайдың 116м 2 майданы сақланып қалынды. Өрттен асхана мебели ҳәм 1 дана музлатқыш зыянланған. Өрттиң келип шығыўына электр сымларына бир неше электр қурылмалардың үсти-үстине жалғаныўы себеп болыўы мүмкинлиги айтылмақта.  Пуқараға келтирилген материаллық зыян анықланбақта.
Қарақалпақстан Республикасы Өрт қәўипсизлиги басқармасы пуқараларға бир электр тармағына бир неше электр қурылмаларын жалғамаў кереклигин  ескертеди.
Егер бул қағыйдаға әмел қылынбаса электр менен байланыслы болған өртлер келип шығыўы мүмкин.
 
    2019-06-12 15:31:42 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine