Qanlıkólde 21 puqaranıń pasport rásmiylestiriwine járdem berildi
Derek: Rayon ishki isler bólimi
Қанлыкөл районы 3-сектор баслығы тәрепинен райондағы «Қосжап» аўыл пуқаралар жыйынында кем тәмийинленген, нәгиран, аўыр жағдайда төсекте жатып қалған наўқаслар, жәми 21 пуқараға биометрикалық паспорт рәсмийлестириўи ушын жәрдем берилди. Пуқаралардың арасында 98 жасқа шыққан әже де бар. Пукәраларға сектор штабындағы мобиль қурылма жәрдеминде хызмет көрсетилди.