Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Пропискасыз пуқараларды жумысқа қабыллаўдан бас тартыў менен байланыслы әмелиятқа шек қойылады



Өзбекистанда ўақтынша ямаса турақлы пропискасыз пуқараларды жумысқа қабыллаўдан бас тартыў менен байланыслы әмелиятқа шек қойылады. Бул халық додалаўы ушын жәрияланған 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес баслы жөнелиси бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Белсенди исбилерменлик, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекет бағдарламасы жойбарында нәзерде тутылған, депхабар бермекте uz24.uz.
Бул илаждан пуқараларды турақлы ҳәм ўақтынша дизимге қойыў (есапқа алыў) тәртибин әпиўайыластырыў, олардың мәмлекет аймағында еркин ҳәрекетлениў ҳәм мийнет ислеў ҳуқықларын тәмийинлеў мақсет етилген. Бул жөнелис бойынша норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары 2018-жылдың 1-апрелине шекем ислеп шығылыўы белгиленген.
Ҳүжжетте, сондай-ақ, мийнет қатнасықлары процессинде паспорт қағыйдаларына әмел етпегени ушын жумыс бериўшиниң ҳәкимшилик жуўапкершилигин бийкарлаў, ўақтынша ямаса турақлы пропискасыз яки турған орны бойынша есапта турмастан жасағаны, жасаўға жол қойғаны ушын ҳәкимшилик жаза шараларын жеңиллестириў нәзерде тутылған.
 
    2018-01-10 11:19:42 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine