Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Президенттиң жаңаланған Виртуал қабыллаўханасы енгизиледи



Өзбекистан Республикасы Президентиниң жаңаланған Виртуал қабыллаўханасы енгизиледи. Ол халыққа онлайн мәсләҳат бериў бойынша қосымша имканиятқа ийе болады. Бул «Белсенди исбилерменлик, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» мәмлекет бағдарламасы жойбарында нәзерде тутылған, деп хабар бермекте kun.uz.
Атап өтилиўинше, бул бағдардағы тийисли әмелий ис-илажлар 2018-жыл 20-июньға шекем ислеп шығылады. Информация технологиялары министрлиги бул бойынша жуўаплы етип белгиленди.
Атап өтилиўинше, бунда Өзбекистан Республикасы Президентиниң жаңаланған Виртуал қабыллаўханасы дәстүрий тәмийнаты жетилистирилип, онда халыққа туўрыдан-туўры онлайн мәсләҳатлер бериў имканияты жаратылады.
 
    2018-01-10 11:19:22 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine