Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Президент және бир халық аралық сыйлыққа ылайық көрилди



Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев АҚШтың Өзбекстандағы социаллық ҳәм экономикалық реформалар бойынша стратегиялық орайдың атақлы сыйлығына ийе болды. Бул ҳаққында усы жылдың 28-февраль күни Уллы Британия Парламентинде болып өткен Strategic Westenting 2019-жылғы есабаты презентациясында жәрияланған, деп жазады qalampir.uz. 
Илажда депутатлар, аналитикалық жәмәәтшилик ҳәм халық аралық ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Президент Мирзиёев экономиканы либералластырыў, инвестициялық орталықты жақсылаў, нызам үстемлиги ҳәм Өзбекстанда жеке мүлкти қорғаў принциплерине әмел етиў ушын “StrategEast Westernization Award – 2018” сыйлығына талабан сыпатында көрсетилди. Буннан тысқары, Президент Мирзиёевтиң шегара келиспеўшиликлерин шешиўде ҳәм қоңсы мәмлекетлер менен қатнасықларын беккемлеўге қосқан үлеси атап өтилди.
“StrategEast Westernization Award” сыйлығы ҳәр жылы бурынғы Аўқам мәмлекетлерин модернизациялаўда, сондай-ақ, регион мәмлекетлери экономикалық, социаллық ҳәм мәдений өмирин раўажландырыўға қосқан үлеси ушын бериледи.
 
    2019-03-14 12:42:16 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine