Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Президент видеоселектор өткерди



Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында 15-ноябрь күни мәмлекетимизде ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарында белгиленген ўазыйпалар орынланыўы, бул бағдарда бар болған машқалалар ҳәм оларды шешиў мәселелерине арналған видеоселектор жыйналысы өткерилди.
Жыйналыста жынаятшылықтың алдын алыўда ең әҳмийетли факторлардан бири болған жумыссызлықты сапластырыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Усы мәнистен, Президент Шавкат Мирзиёев жынаят ислегенлердиң 16 мыңнан артығы ямаса ҳәр төрттен бири жумыссыз екенине итибарын қаратты.
Додаланған және бир әҳмийетли мәселе – бул жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша көрилип атырған илажлардың бүгинги күн талапларына жуўап бермейтуғыны болды. Мысалы, өткен 10 айда исленген 8 мыңға жақын жол транспорт ҳәдийсеси нәтийжесинде 2 мың 31 пуқара қайтыс болып, 7 мың 622 адам дене жарақатын алған. Бул жағдайлардың тийкарғы себеби пуқараларымызда жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етиў мәдениятын арттырыў, автотранспорт қуралларының жолларда ҳәрекетлениўи ушын қәўипсизлик шараларын көриўде үлкен машқалалардың бар екенлигинде болмақта.
Усыларды есапқа алған ҳалда, жуўаплы басшыларға айдаўшы ҳәм пиядалардың жолларда ҳәрекетлениў мәдениятын арттырыў, жолларда ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң заманагөй техникалық қураллары менен үскенелеў бойынша тапсырмалар берилди.
 
    2017-11-16 08:03:03 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine