Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Президент тест сынақлары системасы гөнергенин айтты



Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев билимлендириў системасын реформалаў, кәсип-өнер билимлендириў системасын еле де раўажландырыў ҳәм жоқары билимлендириўдиң бакалавр бағдарына қабыллаў бойынша тест сынақларын жетилистириў мәселелери бойынша жыйналыс өткерди.
Оған Өзбекистан Республикасы Бас министри, тийисли министрлик ҳәм шөлкемлер басшылары қатнасты.
ЎзАның берген мағлыўматына қарағанда, жыйналыста билимлендириў мекемелери бойынша әмелге асырылыўы керек болған ис-илажлар додаланған.
Атап айтқанда, 2017-2021-жылларда жоқары билимлендириў системасын түпкиликли жетилистириў бағдарламасын ислеп шығыў, оқыў бағдарламаларын еле де жетилистириў, пуллы хызметлер көрсетиў ҳәм қаржыландырыўдың қосымша дереклерин излеўде жоқары оқыў орынларының ҳуқықларын кеңейтиў жолы менен олардың еркинлиги басқышпа-басқыш раўажландырып барылыўы ҳаққында тапсырмалар берилди.
Жыйналыста аймақлар имканияты ҳәм потенциалын үйренип 8-9-класс оқыўшыларын кәсипке бағдарлаў мәселеси де көрип шығылды. Буннан кейин улыўма билим бериў мектеплери питкериўшилерин елиўге жақын кәсипке үйретиў жолға қойылады.
Мәмлекет басшысы жоқары билимлендириў мекемелериниң бакалавр жөнелисине болатуғын тест сынақлары жетилистириў бойынша усынысларды ислеп шығып, бунда раўажланған шет ел мәмлекетлеринде сынақтан өткен ең алдағы тәжирийбелерди енгизиў, тест сынақларының әшкаралығын тәмийинлеў бойынша да тапсырмалар берди.
Шавкат Мирзиёев жасларда жоқары оқыў орынларында оқыўға болған талабының артып баратырғанын, бунда әҳмийетли болған тест сынақлары системасының болса гөнергенин айтты.
Президент жуўапкер басшыларға билимлендириў системасын жетилистириў, оқыў әдебиятлары менен сапалы тәмийинлеў, жасларды ўатансүуйиўшилик руўҳында тәрбиялаў мәселесинде тийисли тапсырмалар берди.
 
 
    2017-10-09 12:37:52 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine