Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Президент мектеплерине таңлап алыў имтиханларының нәтийжелери жәрияланды!



Усы жылдың 29-июнинен 2-июлине шекем өткерилген таңлап алыў имтихан нәтийжелери 16-июль күни Cambridge Assessment International Education шөлкеминиң веб-сайтында жәрияланды:
Тест нәтийжелерин компьютерден пайдаланған ҳалда усы СИЛТЕМЕарқалы көриўиңиз мүмкин.
Усы көрсетилген веб-сайтқа киргениңизден кейин:
Талапкердиң тапсырған аймағын сайлаң.
(Ташкент, Наманган, Хорезм ҳәм Қарақалпақстан Республикасы.)
Соң Президент мектеплерине тапсырған классты сайлаң.
(5-, 6-, 7-, 8-, 9-, 10-класс)
Талабанның нәтийжесин билиў ушын излеў клавишин басып (Ctrl+F), сизлерге усынылған 11 санлы арнаўлы идентификация санын териң ҳәм Enter клавишин басың.
Жуўмақлаўшы басқыш имтиханларына өткен талабанлар – кестениң жоқары бөлегинде көк реңде белгиленген болады.
Жуўмақлаўшы басқыш имтиханларына өте алмаған талабанлар болса – ақ рең менен белгиленген болады.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 25-июнь 526-санлы қарарының «Президент мектеплери ҳаққындағы Реже»си 41-бәнтине тийкарланып Президент мектеплерине кириў имтиханларының нәтийжелерин тексериў ҳәм талапкерлердиң жуўаплар нәтийжелерин баҳалаў билимлендириў тараўында жумыс алып барып атырған сырт ел шөлкеми – Cambridge Assessment International Education тәрепинен әмелге асырылады. Нәтийжелер аноним тәризде жәрияланады. Талабанның жеке мағлыўматлары көрсетилмейди.
Сондай-ақ, Президент мектеплери талабанларға қойылатуғын талаплар ҳәм қабыллаў тәртиби бойынша мағлыўматларды рәсмий веб-сайты арқалы алыўыңыз мүмкин.
СИЛТЕМЕ
Тийкарғы имтиханлар 21-24-июль күнлери өткерилиўи режелестирилген. Жуўмақлаўшы басқышқа таңлап алыў имтиханларына қатнасқан 27 119 талабаннан 11 520 сы (42,5%), яғный қабыллаў квотасында белгиленген ҳәр бир орынға 20 адам есабынан талапкерлер жоллама алады.
Талабанлар тийкарғы имтиханларға пуқта таярлық көриўлери мақсетинде Англияның  Cambridge Assessment шөлкеми тәрепинен Президент мектеплерине кириў имтихан сораўларының үлгиси инглис тилинде усынылған. Мағлыўмат ушын қосымша етилмекте.
Ҳүрмет пенен,
Президент мектеплери ҳәм Cambridge Assessment International Education  жәмәәти.
 
Қарақалпақстан хабар агентлиги
    2019-07-17 18:30:28 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine