Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Президент мектеплерине оқыўшылар 5-класстан баслап қабыл етиледи



Президент мектеплерине қабыл етиў Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен белгиленген тәртипте әмелге асырылады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 20-февральда қабыл етилген «Президент мектеплерин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарында усы мақсетлер нәзерде тутылған.
Қарарға муўапық, Президент мектеплерине қабыл етиў республика улыўма билимлендириў мәкемелериниң 4-класс питкериўшилери арасынан Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен белгиленген тәртипте өткерилип атырған логикалық пикирлеў тестлери, жазба имтихан ҳәм сәўбетлердиң нәтийжелерине бола әмелге асырылады. Президент мектебиниң жыллық қабыллаў квотасы 24 оқыўшыдан ибарат болып, еки классқа бир түрдеги – 12 оқыўшы бөлистириледи. Биринши оқыў жылында Президент мектеплериниң ҳәр бирине 5-10-классларға 144 оқыўшы оқыўға қабыл етиледи.
Президент мектеплеринде билимлендириў процеси сырт ел билимлендириў мәкемелери менен биргеликте ислеп шығылған оқыў режелери ҳәм бағдарламалары бойынша инглис тилинде әмелге асырылады;
Президент мектеплеринде «STEAM – билимлендириў» (Science – тәбийий пәнлер, Тechnology – технологиялар, Engineering – техникалық дөретиўшилик,  Аrt – көркем өнер, Мathematics – математика) бағдарламасы енгизиледи;
Президент мектебиниң 9-11-классларында оқытыў оқыўшылардың қызығыўшылықлары ҳәм өзгешликлерин есапқа алған ҳалда, айырым пәнлер және оларды үйрениў дәрежесин сайлап алыў арқалы оқыў процесин индивидуалластырыўды нәзерде тутады;
тийкарғы оқыў бағдарламасы менен биргеликте Президент мектеплеринде оқыўшылардың қызығыўшылықларынан келип шыққан ҳалда класстан тысқары әмелий шынығыўлар өткериў нәзерде тутылады.
 
Дерек: kknews.uz
    2019-02-22 17:56:54 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine