Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Президент Ишки ислер органлары жумысы бойынша жыйналыс өткерди: Кегейли, Қанлыкөл мақталды, Елликқала – сынға алынды



Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында 10-январь күни мәмлекетимиз тынышлығы ҳәм жәмәәт қәўипсизлигин тәмийинлеў, жынаятшылықтың алдын алыў бағдарындағы келешек ўазыйпаларына арналған видеоселектор жыйналысы болып өтти. Бул ҳаққындаПрезидент баспасөз хызмети хабар берди.
Жыйналыста жынаятшылықты қадағалаўды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў кереклиги айтылды. Қарақалпақстанда жынаятшылық 31 процентке кемейген болса да, адам өлтириў ҳалатлары көбейген. Наманган ўәлаятында да бул бағдарда аўҳал қанаатландырарсыз екени көрсетип өтилди.
«Хабарыңыз бар, өткен жылы «ислегенди – хошаметлеў, ислемегенди – жазалаў системасын» енгизген едик. Бүгин соны есаплайтуғын ўақыт келди», деди Президент.
Жынаятшылықты қадағалаўда ең жоқары нәтийжеге ерискен 10 аймақ – Ширин ҳәм Гүлистан қалалары, Шахрисабз, Янгийўл, соның ишинде Кегейли, Қанлыкөл, Ховос, Сардоба, Миробод, Ўртачирчиқ районлары ишки ислер бөлимлери баслықларын материаллық хошаметлеў, керисинше, бул бағдарда көрсеткишлери ең унамсыз болған 10 аймақ – Нурота, Нишон,соның ишинде  Елликқала,  Пахтаобод, Дўстлик, Пахтакор, Избоскан, Бўстонлиқ, Бувайда, Қуйичирчиқ районлары  ишки ислер бөлимлери баслықларына жәрийма формасындағы интизамий жаза қоллаў бойынша тийисли тапсырма берилди. Қосымша мағлыўмат, бүгин Жоқарғы Кеңестиң рәсмий сайтында
Өткен жыл нәтийжелери бойынша жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлар санын кескин кемейтиўге ерискен Кегейли ҳәм Қанлыкөл районлары сектор басшылары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен материаллық хошаметлеўге ылайық деп табылғаны ҳаққында мағлыўмат берилди.
 
    2019-01-11 11:45:10 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine