Президент Бухарада
Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев бүгин, 16-февраль күни Бухара ўәлаятына келди, деп хабар бермекте «Kun.uz».
Президент орынларда социаллық-экономикалық реформалардың барысы, әмелге асырылып атырған қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары менен жақыннан танысыў, халық пенен пикирлесиўди мақсет еткен.
Бул президент усы жылы барған төртинши ўәлаяты есапланады. Буған шекем Президент Сурҳандәрья, Қашқадәрья ҳәм Самарқанд ўәлаятында болған еди.