Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

“Пидайы жаслар”ға арнаўлы кийимлер тапсырылды



28-февраль күни Жаслар орайы имараты алдында Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеӊесиниӊ басламасы менен Нөкис қаласында дүзилген “Пидайы жаслар” патруль топары ағзаларына арнаўлы кийим тапсырыў илажы болып өтти. 
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Комитет баслығы С. Турманов, Нөкис қаласының ҳәкими П.Төрешов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы 96038 әскерий бөлим командири, полковник М.Юсупов ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеӊесиниң баслығы А.Данияровлар қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
Атап өтилгениндей,  “Пидайы жаслар” патруль топары ағзалары жумысларыныӊ жаслар арасында “Мениӊ мәҳәллемде жынаят болмаўы керек” деген пикирди қәлиплестириўде, оларды Ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, ҳуқықты қорғаў уйымларыныӊ жумысларына жақыннан жәрдем бериўде белсендилигин асырыў, сондай-ақ, жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардыӊ алдын алыўда айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Сондай-ақ, илажға Нөкис қаласы ИИБ профилактика инспекторлары ҳәм мүддетли әскерий хызметти өтеген жәмлеспеген жаслар, жоқары оқыў орынларыныӊ студент жаслары да қатнасты. 
Мағлыўмат орнынада атап өтетуғын болсақ, бүгинги күнде барлық қала ҳәм районларда “Пидайы жаслар” патруль топарлары дүзилген болып, топар ағзалары жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўде әмелге асырылып атырған илажларда ИИБ профилактика инспекторлары менен биргеликте белсенди қатнасыўы режелестирилген.
Индира Мамбетназарова
Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баспасөз хаткери 
 
Дерек: http://karakalpakstan.uz
    2019-03-01 13:21:46 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine