Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Pedagog xızmetshilerge arnawlı ústeme belgilendi



Derek: Ádillik ministrligi
 
Өзбекстанда Педагог хызметшилерге арнаўлы үстеме белгиленди. Атап өтилиўинше, басқа аймақлардан келип мектеплерде сабақ берип атырған хызметшилерге төмендеги муғдарларда үстеме белгиленди:
- мектепте ислеген дәўири 6 айдан 3 жылға шекем – 10%;
- 3 жылдан 5 жылға шекем – 20%;
- 5 жылдан 10 жылға шекем – 30%;
- 10 жылдан 15 жылға шекем – 40%;
- 15 жылдан артық – 50%.
Қарақалпақстанда үстеме белгиленетуғын аймақларға Нөкис қаласынан, Кегейли, Тахтакөпир, Елликқала районларынан 1, Мойнақ районынан 2, Қоңырат районынан 3, Төрткүл районынан 5 мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйыны көрсетилген. Жәми 14 аймақ.
Әдиллик министрлиги түсиндирмесинде айтылыўынша, улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде басқа аймақлардан келип жумыс ислеп атырған педагог хызметшилерге арнаўлы үстеме белгиленетуғын аймақлар дизимине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери усынысына муўапық Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги тәрепинен келисилген ҳалда өзгерис киргизилиўи мүмкин.
 
    2019-06-08 17:33:25 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine