Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Пахтаның жаңа сорты жаратылды



Хорезм Мамун академиясының селекционер илимпазлары тәрепинен жүргизилген илимий изертлеўлер нәтийжесинде пахтаның жаңа – «Нийет» сорты жаратылды. Бул ҳаққында Интеллектуаллық мүлк агентлигине тийкарланып Kun.uz хабар берди.
Мағлыўматларға қарағанда, бул сорт талшығының технологиялық көрсеткишлери Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша қадағалаў инспекциясы қасындағы «Агросанаат комплексинде хызмет көрсетиў орайы» унитар кәрханасының лабораториясында анализленген.
Лабораторияға 2018-жылы жетистирилген пахта өниминен талшық үлгилери жеткерип берилди. Пахта талшығының үлгилериның сапалық көрсеткишлери лабораторияда HVI системасы арқалы сынақтан өткерилген.
Анализлердиң көрсетиўинше, бул жаратылған жаңа сортлар талшығының сапасы оған санаатлық өндирис тәрепинен қойылған талапларға жуўап береди. «Нийет» пахта сортын 2019-жылы Хорезм ўәлаятының айрым районларында сынақ тәризинде егиўге рухсат берилди.
Интеллектуаллық мүлк агентлиги тәрепинен Маман академиясына өсимлик сорты ушын патент берилди, бул сорт авторлары Д.Аккужин, Ш.Қодиров, И.Абдуллаев, Ф.Жуманиёзов, У.Абдураҳимов, Р.Машарипова, Б.Ўриновлардан ибарат.
 
Қарақалпақстан хабар агентлиги
    2019-01-17 17:14:23 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine