Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Пахта атызларда мәдений илажлар өткерилип атыр



Миллий байлығымыз, ақ алтынымыз есапланған пахтаның бир ханасын да зая етпестен терип атырған пахтакешлеримиз ушын 15-20-октябрь күнлери «Пахта-2017» жыйын-терим мәўсиминде «Ығаллы 30 күнлик» шақырығы астында мәдений илажлар өткерилмекте. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги мәлим етпекте.
Илаж дәслеп  республикамыздың Тахтакөпир, Шоманай, Әмиўдәрья районларында өткерилди.
16-октябрь күни Қараөзек, Беруний, Елликқала районларында өткерилмекте.
Онда халқымызға белгили бир қатар көркем өнер шеберлери, атап айтқанда, Өзбекистан халық артисти М.Сапаева, Г.Айымбетова, М.Ибрагимова, Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист М.Өтемуратов, жас талант ийелери Б.Пердебаев, М.Нуржанова, Р.Атажанов, Өзбекистанға хызмет көрсеткен артист М.Мухтарова, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист С.Аннақулова, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Қ.Асқаровалар ҳәм т.б эстрада қосықшылары, сондай-ақ «Айқулаш жулдызлары» ҳәм «Әмиў толқыны» фольклор ансамбли аяқ ойыншылары бир-биринен қызықлы номерлери менен заўықлы кешелер шөлкемлестирип, пахтакешлерге ҳармасын айтпақта.
 
    2017-10-18 09:45:16 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine