Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

«Озод юрт тўлқинлари» дәстүрий медиа-фестивалында «No’kis-FM» радиосы биринши орынды алды.




Өзбекистан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 25 жыллығы алдынан 17-август күни Ташкент қаласындағы «Водий садоси» медиа-комплексинде «Озод юрт тўлқинлари» IX дәстүрий медиа-фестивалы болып өтти. Иләжда Өзбекистан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм де Сенаты, мәмлекет, жәмәәт ҳәм халықаралық шөлкемлер, сондай-ақ, Өзбекистанда аккредитациядан өткен дипломатиялық миссиялар ўәкиллери, Өзбекистан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоцияциясына ағза мәмлекетлик емес телерадиостанциялар баслықлары, дөретиўшилик ҳәм техник топарлары, жас журналистлер қатнасты. Илажды өткериўден гөзленген мақсет – мәмлекетлик емес ғалаба хабар қураллары дөретиўшилик топарларын қоллап-қууатлаў, демократиялық қәдириятлар, ҳуқыкый мәмлекет тийкарлары, сондай-ақ жәмийеттиң сиясий, мәнаўий ҳәм тәрбиялық раўажланыўына қаратылған теле ҳәм радио бағдарламаларды таярлаўда дөретиўшилик топарлардың белсендилигин арттырыў ҳәм хошаметлеў, Өзбекистан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоцияциясына ағза телерадиостанциялар дөретиўшилик ҳәм техник хызметкерлердиң кәсиплик шеберлигин арттырыўға қаратылған. Медиа-фестивал жеңимпазлары туўрыдан-туўры “online” даўыс бериў жолы менен төмендеги 4 номинация бойынша анықланды. Өзбекистан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 25 жыллығына арналған ең жақсы телерадиоөним номинациясында «Самарқанд СТВ»ның «Самарқанд: кеше ҳәм бүгин» дүркин фильмлери жеңимпаз деп табылды. «Саламат ана ҳәм бала жылы» Мәмлекетлик бағдарламасы орынланыўын жарытыўға қаратылған ең жақсы медиа-жойбар» номинациясында «Менинг юртим» телеканалы «Саламат ана ҳәм бала жылы»на арналған дүркин көрсетиўлери менен биринши орынға ылайық деп табылды. «Ең үлгили телестанция» жөнелиси бойынша «Водий садоси ЁТРК» жәмәәти жеңимпаз деп табылды. «Ең үлгили радиостанция» номинациясы бойынша «Nukus FM» жәмәәти төрешилер тәрепинен биринши орынға ылайық деп табылды. Жеңимпазлар «Озод юрт тўлқинлари» статуеткасы, арнаўлы диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Усы жылы медиа-фестивальда қатнасыў ушын ассоцияцияға ағза телерадиостанциялардан 350 ден артық телерадиоөнимлер келип түсти. Бул материаллар биринши басқышта медиа-фестиваль исши топары тәрепинен үйренип шығылып сайлап алынды. 
    2016-11-14 10:03:47 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine