Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекстанда және бир сиясий партия дүзилди



Өзбекстан экологиялық партиясын шөлкемлестириў бойынша қарар қабыл етилди. Партияның Орайлық Кеңеси ағзалары, Қадағалаў-тексериў комиссиясы ағзалары сайлап алынды. Делегатлар тәрепинен билдирилген пикир ҳәм усыныслар тийкарында Өзбекстан экологиялық партиясының Уставы ҳәм Бағдарламасының жойбарлары және съездте көрип шығылған басқа мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди, деп хабар бермекте ӨзА.
Усы күнниң өзинде Өзбекстан экологиялық партиясы Орайлық Кеңесиниң Пленумы да болып өтти. Пленумда бир неше шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды. Өзбекстан экологиялық партиясы Орайлық кеңеси артқарыў комитетиниң ағзалары, оның баслығы ҳәм орынбасарлары да сайланды. Партияның белгилери тастыйықланды.
 
    2019-01-09 10:20:43 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine