Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекстанда ири банкнота шығарылады



Орайлық банктиң баспасөз хызмети хабарына қарағанда, жаңадан ири номиналдағы купюраны айланысқа енгизиў жобаластырылмақта, бирақ оның неше сумлық болыўы орнатылмаған. Бул ҳаққында Орайлық банктиң баспасөз хызмети «Daryo.uz»ға мәлим еткен.
Мәлим болыўынша, жаңа банкноталардың шығарылыўы бойынша техникалық таярлық басланған. Бирақ, банкнота айланысқа шығыўы бойынша анық сәне белгиленбеген.
Буннан алдын, бир неше сырт елли интернет-басылымлар «исенимли ҳәм ўәкилликли дәреклерге тийкарланып» Өзбекстан Орайлық банки жақын ўақыт ишинде 100 мың сумлық жаңа банкноталарды айланысқа шығарыўы ҳаққында хабар тарқатты.
 
    2019-01-11 16:14:52 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine