Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекстан ҳәм Түркменстан ортасында мәмлекет шегарасын делимитация ҳәм демаркациялаў бойынша ушырасыў өткерилди




2018-жылдың 14-20-май күнлери Үгренч қаласында Өзбекстан ҳәм Түркменстан ортасында мәмлекет шегарасын делимитация ҳәм демаркациялаў бойынша Өзбекстан-Түркменстан ҳүкиметлер аралық қоспа комиссиясы исши топарларының нәўбеттеги ушырасыўы болып өтти. Бул ҳаққында Сыртқы ислер министрлиги баспасөз хызмети хабар берди. Ушырасыў даўамында Өзбекстан-Түркменстан мәмлекет шегарасының айырым участкаларында биргеликте өткерилген топографиялық-геодезия дала ислериниң нәтийжелери көрип шығылды ҳәм оларды 2018-жылға белгиленген реже графиги тийкарында даўам еттириў бойынша келисимге ерисилди. Сөйлесиўлер дослық ҳәм өз-ара тусинисиў орталығында болып өтти. Ушырасыў жуўмағына муўапық баянлама тастыйықланды.
 
    2018-05-21 12:08:13 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine