Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекстан ҳәм Қырғызстан шегарасында және бир шегара өткериў пункти ашылады



2018-жылдың 2-8-май күнлери Жалалабад қаласында Өзбекстан-Қырғызстан Мәмлекет шегарасын делимитация ҳәм демаркациялаў мәселелери бойынша Өзбекстан Республикасы ҳәм Қырғызстан Республикасы Ҳүкимет делегациялары исши топарларының нәўбеттеги ушырасыўы болып өтти. Өзбекстан Сыртқы ислер министрлиги баспасөз хызметиниң берген мағлыўматына қарағанда мәмлекетлер аралық шегараның қалған участкаларын классификациялаў бойынша жумыс даўам етиледи. Еки мәмлекет шегара аймақлары халқы ушын қолайлы шәраятлар жаратыў мақсетинде тәреплер жаңа шегара өткериў пунктлерин ашыў мәселесин де көрип шықты. Ушырасыў конструктив руўҳта ҳәм өз-ара түсиниў орталығында өтти, деп хабар берди «Халқ сўзи онлайн».
 
    2018-05-10 07:12:42 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine