Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекстан Республикасы Президенти «Ҳәўижли Гужарат – 2019» халық аралық инвестиция саммитинде қатнасты



Ҳиндистанның Гужарат штатының Гандинагар қаласы «Маҳатма Мандир» көргизбелер комлексинде «Ҳәўижли Гужарат – 2019» IX халық аралық инвестиция саммити болып өтти.
Саммитте Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, сондай-ақ, Австралия, Канада, Франция, Япония, Норвегия, Нидерландия, Польша, Корея Республикасы, Дания, Чехия, Мальта, Таиланд, БАА сыяқлы мәмлекетлерден мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, халық аралық шөлкемлер ҳәм трансмиллий корпорациялар баслықлары, экспертлер қатнасты.
Мәмлекетимиз Президенти Ҳиндистан менен узақ мүддетли стратегиялық шерикшиликти беккемлеў – Өзбекстан сыртқы сиясатының баслы жөнелислеринен бири екенин айрықша айтып өтти, еки тәреплеме шерикшиликти кеңейтиў ушын бир қанша усыныс ҳәм басламаларды алға қойды. Президент информациялық технологиялар, дәстүрий тәмийнат, аўыл хожалығы, қайта тикленетуғын энергия ҳәм усы тараўлар қәнигелерин таярлаў бойынша қоспа жойбарларды әмелге асырыўды усыныс етти.
Бул бойынша дәслепки ҳәрекетлер басланған, Ташкент қаласында қоспа технопарк шөлкемлестирилди. Инвесторларды Өзбекстанға тартыў ушын ең қолайлы шәраятлар жаратылыўы бөлек атап өтилди.
Өзбекстан, ең алды менен, химия санааты ҳәм энергетика, фармацевтика, текстиль, тери-аяқ кийим санааты, туризм тараўларындағы перспективалы жойбарларды әмелге асырыўдан мәпдәр. Президент 2020-жылы Ҳиндистанда «Өзбекстан мәденияты жылы»н ҳәм Өзбекстанда «Ҳиндистан мәденияты жылы»н өткериў, усы жылы елимизде өзбек-ҳинд Жаслар фестивалын шөлкемлестириўди усыныс етти.
 
    2019-01-18 16:44:05 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine