Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ózbekstan-Qazaqstan shegarasındaǵı bir punkt málim waqıt jabıq boladı



Derek: customs.uz
 
1-ноябрьден баслап «Б.Конысбаев» шегара өткериў пунктинде пияда физикалық шахслар, жеңил автотранспорт ҳәм 3,5 тоннаға шекем жүк көтериў қәбилетине ийе болған жүк автотранспорт қураллары ҳәрекети 2020-жыл 1-ярымына шекем тоқтатылады.
Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң хабарына қарағанда, Қазақстан Республикасының Өзбекстан Республикасы менен шегарада жайласқан «Б.Конысбаев» шегара өткериў пунктинде қайта қурыў ҳәм кеңейтиў жумыслары алып барылады.
Сол мүнәсибет пенен комитет товар ҳәм транспорт қуралларын бажыхана шегарасы арқалы алып өтиўши сыртқы экономикалық искерлик қатнасыўшылары, тасыўшылар, жеңил автотранспорт қураллары айдаўшылары ҳәм пияда ҳәрекетлениўши физикалық шахсларға ўақытларын үнемлеў, шығымлардың алдын алыў мақсетинде өзбек-қазақ шегарасында жайласқан басқа альтернатив өткериў пунктлери арқалы ҳәрекетлениўлери мүмкин екенин мәлим етти.
Еслетип өтемиз, Қазақстанның «Б.Конысбаев» шегара өткериў пункти Ташкент ўәлаяты Чиноз районындағы «Яллама» шегара өткериў пунктине тутас есапланады.
 
    2019-10-18 12:44:45 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine