Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистанлы үш студент БМШ Бас Ассамблеясында сөзге шықты



БМШ тәрепинен студентлер ортасында өткерилген «Көп тил – бир дүнья» баян жумысы таңлаўында өзбекистанлы үш студент жеңимпаз болды ҳәм Нью-Йорктағы БМШ Бас Ассамблеясы залында сөзге шықты. Бул ҳаққында БМШ мәлимлеме хызмети хабар бермекте.
Өзбекистанлы студентлер Наргиза Мухторова, Соҳиб Саидов ҳәм Нигина Файзулло қызы рус тилиндеги баян жумыслары таңлаўында жеңимпазлар арасынан орын ийеледи.
 
Таңлаўдың биринши басқышында дүньяның 170 мәмлекетинен 6 мыңнан артық студент қатнасты. Олар өз баян жумысларын БМШның рәсмий тиллери – англичан, араб, француз, испан, қытай ҳәм рус тиллеринде усынды.
Ҳәр бир тил жөнелисинде 10 адамнан – улыўма есапта 60 жеңимпаз жәрияланды. Таңлаўдың барлық жеңимпазлары Халық аралық жаслар форумында қатнасыў ушын жолламаны қолға киритти ҳәм Нью-Йорктағы БМШ Бас Ассамблеясы залында сөзге шықты.
 
    2017-07-24 11:18:18 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine