Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистанда Жоқары оқыў орынларына қабыллаўда нәгиранлығы бар шахслар ушын квоталар киритиледи



Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёев «Нәгиранлығы бар шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын түпкиликли жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманды тастыйықлады. Бул ҳаққында ЎзА  хабар берди.
Нәгиранлығы бар шахслардың мәмлекет социаллық турмысында қатнасының әҳмийетли факторларынан бири олардың улыўмалық саўатлылығы есапланады. Бирақ, бир қанша себеплерге бола, нәгиранлығы бар шахслар жоқары оқыў орынларында оқыў ушын комплекс имканиятықа ийе болмаған.
Сонлықтан, 2018/2019-оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынларына абитуриентлер қабыллаўының улыўма санынан нәгиранлығы бар шахслар ушын қосымша түрде еки процентли квоталар киритилмекте.
Бул квоталар бойынша тек ғана нәгиранлығы бар шахслар билим алады. Бул олардың жоқары мағлыўматқа ийе болыўын тәмийинлеп, жәмийетке масласыў имканиятларын кеңейтеди.
 
    2017-12-04 07:15:28 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine