Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистанда «жасаў минимумы» ҳәм «тутыныў себетшеси» түсиниклери пайда болады



Өзбекистанда «жасаў минимумы» ҳәм «тутыныў себетшеси» түсиниклери ҳәм оларды анықлаў өлшемлери енгизиледи.
Бул халық додалаўы ушын жәрияланған 2018-жыл «Белсенди исбилерменлик, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»нда мәмлекет бағдарламасы жойбарында нәзерде тутылған, деп хабар бермекте gazeta.uz. Баслама 1-июльге шекем әмелге асырылады.
Алдағы шет ел тәжирийбеси тийкарында халықтың ылайық жасаўы ушын керекли болған дәраматларын анықлаў бойынша «жасаў миниммумы» ҳәм «тутыныў себетшеси»не байланыслы қатнасықлар ҳуқықый тәртипке салынады.
Қабылланыўы керек болған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерде халықтың реал дәраматлары, ис ҳақысы, пенсиялар, напақалар ҳәм басқа төлемлер муғдарының, сол қатары аймақлар кесиминде «жасаў минимумы» ҳәм «тутыныў себетшеси»не ылайықлығын тәмийинлеў нәзерде тутылады.
 
    2018-01-11 07:11:18 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine