Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистанда нызамсыз форма кийип жүриў жәриймаға себеп болады



Айырым мәмлекет органлары искерлиги жетилстирилиўи, сондай-ақ пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин қорғаў кепилликлерин тәмийинлеўге байланыслы қосымша ис-илажлар қабылланыўы мүнәсибети менен Өзбекистан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққындағы ӨРН-456-санлы Нызам менен министрликлер, мекемелер ҳәм шөлкемлер хызметшилериниң формалы кийим-кеншеклерин нызамға қайшы түрде кийип жүргенге ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң телеграмдағы каналында мағлыўмат берилген.
Ендигиден былай, тастыйықланған үлгидеги әскерий, мәкемелик ҳәм арнаўлы формалы кийим-кеншекти бундай ҳуқыққа ийе болмаған шахслар тәрепинен кийип жүриў формалы кийим-кеншикти конфискациялап, ең кем айлық ис ҳақысының 2 есесинен 5 есесине шекемги муғдарда жәрийма салыныўына себеп болады, деп жазады kun.uz. Мағлыўмат ушын: Ең кем айлық ис ҳақы 2017-жыл 1-декабрьден 172 240 сўм.
 
    2018-01-08 06:41:32 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine