Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистанда нақ шет ел валютасын алып кириў ҳәм алып шығыў тәртиби әпиўайыластырылады



2018-жыл 1-яварьдан баслап физикалық шахслар тәрепинен эквиваленти 2 000 (еки мың) АҚШ долларына тең ямаса оннан аспайтуғын муғдардағы нақ шет ел валютасын Өзбекистан Республикасына алып кириў ямаса Өзбекистан Республикасынан алып шығыўда жазба түрде мәжбүрий декларация усыныў тәртиби бийкарланды, деп хабар берди Әдиллик министрлиги баспасөз хызмети.
Бул Президенттиң Физикалық шахслар тәрепинен нақ шет ел валютасын алып кириў ҳәм алып шығыў тәртибин еле де әпиўайыластырыў ис-илажлары ҳаққындағы қарарында нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, физикалық шахслар тәрепинен нақ шет ел валютасын Өзбекистаннан сыртқа алып шығыў эквивалентте 5 000 (бес мың) АҚШ долларына тең ямаса оннан аспайтуғын сумма шеңберинде ҳеш қандай рухсатнамаларсыз әмелге асырылыўы белгилеп қойылды.
 
    2017-12-11 07:11:07 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine