Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистанда газ баллонлы автомашиналарға арнаўлы датчиклер орнатылады



 Республика ҳүкимети «Ўзбекнефтгаз»да бирден-бир басқарыў орайын шөлкемлестириў ҳаққында тапсырма берди. Бул Министрлер Кабинетиниң 11-октябрьдегиқарарында белгилеп қойылған.Усы орай арнаўлы исленген информация системасын енгизиў ҳәм пайдаланыў жумыслары менен шуғылланады. Информация системасы автотранспорт қуралларындағы газ баллон үскенелериниң  техникалық жағдайын бақлаўды реал ўақыт режиминде (онлайн) әмелге асырыўды режелестирмекте. Соның менен бирге, автомобильге газ толтырыўшы компрессор станциялары (АГТКС) жумыс искерлиги ҳәм суйылтылған тәбийий газ есапқа алыў ҳәм қадағалаў жумыслары әмелге асырылады.
2019-жыл ақырына келип пүткил республикада 800 мыңнан артық автомашиналарды суйылтылған тәбийий газ тийкарында ислеўге өткериў режелестирилмекте. Олардың 712 мың автомашинасы физикалық шахсларға, қалғанлары юридикалық шахсларға тийисли.
Соның менен бирге ҳүкимет болжаўларына қарағанда, суйылтылған тәбийий газ жанылғы сыпатында пайдаланыў кейинги 3 жыл ишинде 21 процентке (2017-жылда – 2,4 млрд кубаметр, 2019-жылда – 2,9 млрд кубаметр) артады.
Темаға байланыслы:
Өзбекистанда автомобильлерге газ қуйыў шахабшаларын қурыў қадаған етилди
 
Өзбекистанда көликлерде айырым түрдеги газ баллонларынан пайдаланыў қадаған етиледи
 
 
    2017-10-17 12:18:46 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine