Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистанда «Буюк Келажак» экспертлер кеңеси қәлиплесе баслады



Өзбекистанда ҳуқық, финанс, билимлендириў, медицина тараўының жетекши қәнигелери қатнасатуғын «Буюк Келажак» экспертлер кеңеси қәлиплесе баслады, деп хабар берди UzDaily. Экспертлер кеңесине Өзбекистаннан сыртта болған, халық аралық компанияларда ислеўши қәнигелер киреди.
«Буюк Келажак» экспертлер кеңесиниң тийкарғы мақсети Өзбекистанның 2035-жылға шекем болған раўажланыў моделин жаратыўдан ибарат. Бул модель ең жақсы халық аралық тәжирийбеге, Өзбекистан базарларының анализине, ең әҳмийетлиси Өзбекистаннан болған дүньяның жетекши қәнигелер тәжирийбесине тийкарланып қурылады.
Еслетип өтемиз, Өзбекистанның 2017-2021-жылларға белгиленген раўажланыў стратегиясы бес баслы жөнелисти өз ишине алады: сыртқы сиясат, мәмлекет басқарыўын модернизациялаў, суд-ҳуқық системасы, экономиканы либералластырыў, социаллық сектордағы реформалар.
Солай етип, Өзбекистанның 2035-жылға шекем болған раўажланыў стратегиясы мәмлекет ҳүкимети тәрепинен мақулланған жөнелис ҳәм принциплерге тийкарланған болады.
 
    2018-01-12 09:36:16 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine