Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистанда армияға шақырыў жәрияланды



Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2018-жылдың 13-январь күни «Өзбекистан Республикасы пуқараларын мүддетли әскерий хызметке нәўбеттеги шақырыўы ҳәм белгиленген хызмет мүддетин өтеп болған әскерий хызметшилерди Қураллы күшлер захирасына босатыў ҳаққында»ғы қарарын тастыйықлады. Бул ҳаққында kun.uz хабар бермекте.
Ҳүжжетке муўапық, Өзбекистан Республикасының шақырылыў мүддетин кешиктириў ҳуқықына ийе болмаған шақырыў жасындағы пуқаралары 2018-жылдың февраль-март айларында мүддетли әскерий хызметке шақырылады.
Мүддетли әскерий хызметти өтеўге жарамлы ҳәм шақырылыў мүддети кешиктириў ҳәм шақырылыўдан азат етиў ҳуқықына ийе болмаған, бирақ усы шақырыў дәўиринде Қураллы Күшлер қатарына шақырылмайтуғын пуқаралар мобилизациялық шақырыўы резервине алынады.
Буннан тысқары, мүддетли әскерий хызметтиң белгиленген мүддетлерин өтеп болған әскерий хызметшилер 2018-жылдың февраль-апрель айларында Өзбекистан Республикасы Қураллы Күшлери захирасына босатылады.
    2018-01-15 11:05:55 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine