Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистан Жоқары оқыў орынларында 3 жыллық бакалавр таярлаў системасы енгизиледи



2018-2019-оқыў жылынан баслап Жоқары оқыў орынларында «Мектепке шекемги билимлендириў» жөнелисинде күндизги формада 3 жыллық бакалаврлар таярлаў системасы енгизиледи. Бул ҳаққында 14-февраль күни Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында өткен мектепке шекемги билимлендириў системасын реформалаў ҳәм раўажландырыў бойынша көрилип атырған илажлар нәтийжелиги анализине арналған видеоселектор жыйналысында мәлим етилген. Система енгизилиўинде алдағы шет ел тәжирийбеси, атап айтқанда Қубла Корея жетекши университетлери тәжирийбеси тийкарында жаңа оқыў режеси ҳәм бағдарламалар ислеп шығылады.
Үйрениўлер нәтийжесинде анықланыўынша, келеси 3 жылда мектепке шекемги билимлендириў системасында 47 мың 300 ден артық жоқары мағлыўматлы педагог кадрлар, соннан, 28 мың 300 тәрбияшы,  дефектолог, психолог, музыка баслығына мүтәжлик пайда болады.
Сондай-ақ, жаңа оқыў жылынан баслап, жоқары оқыў орынларында сыртқы ҳәм кешки формада бакалаврлар таярлаў системасы жолға қойылады. Усы жыл март айынан баслап, ўәлаятлардағы университет ҳәм педагогика институтлары базасында бақшалардың педагог ҳәм қәниге емес кадрлары ушын ярым жыллық оқыў бағдарламалары тийкарында қайта таярлаў курслары шөлкемлестириледи. Президент Қубла Кореяның Пучон университети менен биргеликте Ташкент қаласында Мектепке шекемги университетти шөлкемлестириў зәрүрлигин айтты. Бул ҳаққында  uz24.uz хабар бермекте.
 
    2018-02-15 12:23:11 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine