Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

«Өзбекистан жаслар аўқамы сыйлығы» енгизилди



Өзбекистан жаслар аўқамының хабар бериўинше, социал турмыста түрли бағдарлар бойынша мийнет етип келген, тараў раўажланыўына өзиниң ылайық үлесин қосқан жасларға мәмлекет ҳәм жәмийет алдындағы хызметлери ушын ардақлаў ҳәм хошаметлеў мақсетинде «Өзбекистан жаслар аўқамы сыйлығы» енгизилди.
Сыйлық жасларға төмендеги номинациялар бойынша ҳәр жылы бир мәрте бериледи:
— Мәмлекет басқарыў тараўында
«Жылдың ең жақсы жас депутаты», «Жылдың ең жақсы жаслар мәселелери бойынша ҳәким орынбасары», «Жылдың ең жақсы жаслар мәселелери бойынша МПЖ баслық орынбасары», «Жылдың ең жақсы жас мәҳәлле пасбаны», «Жылдың ең жақсы жас ишки ислер хизметкери» номинациялары.
—  Экономикалық ҳәм аўыл хожалығы тараўында
«Жылдың ең жақсы жас исбилермени», «Жылдың ең жақсы жас фермери», «Жылдың ең жақсы жас исшиси», «Ең жақсы пидайы жаслар отряды ағзасы» номинациялары.
— Илим-пән ҳәм социал тараўда
«Жылдың ең жақсы жас алымы», «Жылдың ең жақсы жас ойлап табыўшысы», «Жылдың ең жақсы жас програмисти», «Жылдың ең жақсы жас оқытыўшысы», «Жылдың ең жақсы жас китап оқыўшысы», «Жылдың ең жақсы оқыўшысы», «Жылдың ең жақсы студенти», «Жылдың ең жақсы жетекшиси» номинациялары.
— Көркем-өнер, мәденият, журналистика ҳәм спорт тараўында
«Жылдың ең жақсы жас актёры», «Жылдың ең жақсы жас кино дөретиўшиси»,«Жылдың ең жақсы жас қосықшысы», «Жылдың ең жақсы жас композиторы», «Жылдың ең жақсы жас журналисти», «Жылдың ең жақсы жас дөретиўшиси», «Жылдың ең жақсы жас өнерменти», «Жылдың ең жақсы жас сүўретшиси» «Жылдың ең жақсы жас мүсиншиси», «Жылдың ең жақсы жас дизайнери», «Жылдың ең жақсы жас спортшысы» номинациялары.
Сыйлыққа усынылғанлар арасында ылайықлары табылмаған жағдайда тийисли номинациялар саны кемейттирилиўи яки берилмеўи мүмкин.
Сыйлық Өзбекистан Республикасы пуқаралары, пуқаралығы болмаған шахслар ҳәмде мәмлекетимиз раўажланыўы жолында пидайылық көрсетип атырған шет ел пуқараларына бериледи.
Сыйлық алдын басқа сыйлықлар менен сыйлықланған жасларға да берилиўи мүмкин.
Сыйлыққа талабанлар министрликлер, мекемелер, аймақлық мәмлекет ҳәкимияты органлары, кәрханалар, шөлкемлер, жәмийет бирлеспелери тәрепинен көрсетиледи, усыныснамалар ҳәм талабан искерлигине байланыслы ҳүжжетлер усыныс етиледи.
Сыйлық ийелерине «Жаңа жыл» байрамы қарсаңында салтанатлы түрде тапсырылады.
Сыйлық ийелерине ең кем ис ҳақының 30 есеси муғдарында пул сыйлығы, статуэтка ҳәм арнаўлы диплом тапсырылады.
 
    2017-10-20 12:58:10 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine