Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистан жаңа сыртқы интернет каналларына жалғанады



Өзбекистан интернет тезлигин төрт есеге арттырыў ҳәм тармаққа жалғаныў баҳаларын түсириў ушын сыртқы интернет каналларына жалғанады. Бул ҳаққында Информация технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министри орынбасары Олимжон Умаров 11-январь күни «Раўажланыў стратегиясы» Орайында болып өткен брифингде мәлим етти, деп жазады gazeta.uz.
Оның сөзлерине қарағанда, бәсекилик орталығы болмағаны себепли интернетке жалғаныў баҳалары жүдә жоқары болған. Ҳәзир Өзбекистан Қазақстан ҳәм Россия арқалы өтиўши арқа интернет-каналларына ғәрезли.
«Президент қосымша альтернатив каналлар ашыў ўазыйпасын қойды. Ҳәзир биз қубла жөнелис – Түркменстан ҳәм Иран, Қырғызстан ҳәм Қытай арқалы [оны шөлкемлестириў] мәселесин ислеп атырмыз», - дейди Олимжон Умаров.
Жыл соңына шекем таңланған мәмлекет миллий операторлары менен каналларын сатыў ҳәм ижараға алыў бойынша келисимлер тастыйықлаў режелестирилмекте.
«Бул арқа жөнелислерден толық бас тартыўымызды билдирмейди, тек ғана халық мүтәжликлерин қаплаў мүмкин болған қосымша каналлар ашылады», - деген министр орынбасары. Бар каналлардың сақланыўы ҳәм жаңаларына жалғаныў тек ғана интернет тезлигин асырып қоймай, ал оған жалғаныў баҳаларын түсириў, бәсекилик орталығын жаратыўға имкан береди, деп қосымша еткен Олимжон Умаров.
 
    2018-01-12 12:17:59 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine