Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистан ҳәм Қырғызстан ортасында халық аралық автомобиль қатнаўлары ҳаққындағы баянлама күшке кирди



2017-жылдың 30-декабрь күни Өзбекистан Республикасы Ҳүкимети менен Қырғызстан Республикасы Ҳүкимети ортасында 1996-жыл 4-сентябрьдеги халық аралық автомобиль қатнаўлары ҳаққындағы Келисимге өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққындағы Баянлама күшке кирди. Бул ҳаққында Өзбекистан Сыртқы ислер министрлиги баспасөз хызмети хабар берди.
Бул ҳүжжет 2017-жыл 6-октябрь күни Ташкент қаласында имзаланған еди.
Баянлама ҳүкиметлер аралық келисимди қоллаў көлемин кеңейтиў арқалы транспорт коммуникациялары тараўында өз-ара мәпли шерикшиликти еле де тереңлестириў мақсетинде қабылланған.
Ҳүжжетке бола, тәреплер өз мәмлекетлери аймағында еркин транзит режимин бир-бирине усынады ҳәм кепиллейди, сондай-ақ, «Ташкент – Андижан – Ош – Эргаштом – Қашқар» автомобиль жөнелиси бойлап тасыў ушын қолайлы шәраятлар жаратады.
Ҳүжжеттиң толық тексти менен www.lex.uzда танысыў мүмкин.
 
    2018-01-09 12:32:48 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine