Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистан ҳәм Қазақстанның ири қалалары автобус қатнаўы арқалы байланысады



Қазақстан парламенти тәрепинен Өзбекистан ҳәм Қазақстан ҳүкиметлери ортасында халық аралық автомобиль қатнаўы ҳаққындағы келисимге өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққындағы баянлама ратификация етилди, бул ҳаққында kun.uz хабар бермекте.
Парламент төменги палатасы улыўма жыйналысында баянламаны додалаў ўақтында инвестициялар ҳәм раўажланыў бойынша министр Жеңис Қасымбектиң айтыўынша, Қазақстан ҳәм Өзбекистан ортасында ҳәзир жолаўшылар ушын автобус қатнаўы жоқ. Касымбектиң айтыўынша, бул шегараны кесип өтиўде қолайсызлықлар келтирип шығарады. Оның айтыўынша, баянлама жолаўшыларды автомобиль транспорты арқалы турақлы, турақлы болмаған ҳәм транзит тасыўларын әмелге асырыў ушын ҳуқықый нормаларды белгилейди.
Усы ҳүжжет Өзбекистан ҳәм Қазақстан ортасындағы саўда-экономикалық байланысларды еле де раўажландырыўға унамлы тәсир етеди, - деди министр. Баянлама халықтың ҳәрекетлениў дәрежесин жақсылаў ҳәм еки тәреплеме қатнасықларды беккемлеўге де үлес қосады.
Министрдиң қосымша етиўинше, Өзбекистан ҳәм Қазақстан усы жыл соңына шекем жолаўшы тасыў жөнелислерин иске түсириўди режелестирмекте. Мәмлекетлердиң ири қалалары ортасында турақлы автобус жөнелислери ашылады.
 
    2017-10-13 12:19:49 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine