Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистан пуқаралық процессуал кодексиниң дүзилиси Германия ҳәм Франция тәжирийбеси тийкарында өзгертилди



Өзбекистан Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының 19-октябрь күни болып өткен нәўбеттеги жыйналысында депутатлар жаңаланған Пуқаралық процессуал кодекси ҳаққындағы нызам жойбарын биринши оқыўда көрип шықты, деп хабар берди ЎзА.
Хабар етилиўинше, бул нызам жойбары усы жыл 12-апрельде қабылланған «Судлар ҳаққындағы Өзбекистан Республикасы нызамына, Өзбекистан Республикасының Пуқаралық процессуал ҳәм Хожалық процессуал кодекслерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында»ғы нызамның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Олий Суд тәрепинен таярланған. Айтылыўынша, бул кодекс жойбары еле де қолайлы формада ҳәм логикалық избе-изликте баянланған. Пуқаралық процессуал кодексин таярлаў ўақтында шет ел мәмлекетлериниң, атап айтқанда, Германия, Франция ҳәм бир қатар Ғәрезсиз мәмлекетлер дослық аўқамы еллериниң пуқаралық процессуал нызам ҳүжжетлери үйренип шығылған.
 
    2017-10-20 09:35:21 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine