Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистан Қырғызстанда 9 кәрхана ашады



Өзбекистан Қырғызстанда автомобиллерге хызмет көрсетиў, аўыл хожалығы техникасын жыйнаў, пластик деталлар шығарыў ҳәм басқа жөнелислер бойынша тоғыз кәрхана ашады, деп жазады Knews Қырғызстан Инвестицияларды енгизиў ҳәм қорғаў агентлиги директоры Шумкарбек Әдилбек улына тийкарланып.
Оның сөзлерине қарағанда, жети компания Қырғызстан-Өзбекистан қоспа кәрханасы статусына ийе болады. Атап айтқанда, Artel Engineering (Өзбекистан) ҳәм «Л.Т.Б» (Қырғызстан) фирмалары Artel маркасындағы кир жуўыў машиналарын жыйнайды, Perfect Plast Profil (Өзбекистан) ҳәм «Имзо Лтд.» (Қырғызстан) пластик ҳәм алюминий профиллер шығарады.
Буннан тысқары, «Ўзавтосаноат» ҳәм «АвтоОндооЗавод» Қырғызстанда аўыл хожалық техникасы ҳәм автоприцеплерди жыйнаў бойынша еки кәрхана ашады. Сондай-ақ, Өзбекистан компаниясы Қырғызстанның «ДТ Техник» ҳәм «Автоцентр Эстакада» компаниялары менен автобуслар жыйнаў ҳәм транспортқа хызмет көрсетиў бойынша заводларды ашады.
«Автоцентр Эстакада» ҳәм «Ravon Motors Тянь-Шань» компаниялары болса автомобиллерди жыйнаў бойынша завод ҳәм дилерлик орайы ашыў ҳаққында келисип алды.
Artel Engineering Қырғызстанда өз филиалын ашады ҳәм MediaPark кеўил ашар орайын қурады.
Бул келисимлердиң ҳәммеси бойынша меморандумлар тастыйықланған. Бул кәрханалардың бир бөлеги әллеқашан жаратып болынған, айырымлары болса 2018-жыл соңына шекем қурылыўы күтилмекте. Жаңа компаниялар Бишкек, Ош ҳәм Қара-Балта қалаларында ашылады, деп хабар бермекте daryo.uz.
    2018-01-11 07:12:42 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine