Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистан ең ири ГЭСлардан бирин қурыўды баслады



Өзбекистан Орайлық Азиядағы ең үлкен гидрообъектлерден бири — Пскем ГЭСин қурыўды баслады, деп хабар берди Sputnik. 
Ташкент ўәлаятының Бустонлық районында Пскем дәрьясында жайласқан жаңа гидроэлектростанция үлкенлиги бойынша Өзбекистанда Чорвоқ ГЭСинен кейин екинши орында болады. Оның қуўатлылығы 400 МВтты, жыллық энергия ислеп шығарыў көлеми – 900 млн кВт/саатты қурайды.
Жойбардың улыўма қуны 800 млн доллардан артық болып, оның үлкен бөлеги Өзбекистан қаржылары есабынан, 240 млн доллары Қытайдың Эксимбанки тәрепинен киритиледи.
Буннан ярым жыл алдын, Өзбекистан гидроэнергетика потенциалын арттырыў мақсетинде, Президент Шавкат Мирзиёев мәмлекетте бир неше мың киши ҳәм орта қуўатлылықтағы ГЭСлар қурыў ҳаққында қарар қабыл еткен еди.
 
    2017-11-13 13:06:19 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine