Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистан делегациясы Испанияға кетти



Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министри Абдулазиз Камилов басшылығындағы делегация 2017-жылдың 12-15-ноябрь күнлери сөйлесиўлер өткериў ушын рәсмий сапар менен Испания патшалығында болады.
Сапар бағдарламасына муўапық, Испания Сенаты, сыртқы ислер ҳәм шерикшилик министрлиги, Экономика, санаат ҳәм бәсекилик министрлиги ҳәм Саўда палатасы басшылары менен сөйлесиўлер өткереди.
Сондай-ақ, Өзбекистан делегациясы ағзалары Өзбекистан-Испания бизнес форумында, басқа биргеликтеги илажларда қатнасады ҳәм патшалықтың жетекши компаниялары ўәкиллери менен бөлек ушырасыўлар өткереди.
Сапар шеңберинде экономика, санаат ҳәм транспорт тараўларында еки тәреплеме шерикликти еле де раўажландырыўға қаратылған бир қанша ҳүжжетлер тастыйықланыўы режелестирилген.
    2017-11-13 09:36:10 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine