Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Оралатуғын ТВ-экран жаратылды



АҚШтың патент ҳәм саўда маркалары бойынша басқармасы жыйналып-ашылатуғын экран қурылма жаратылғанын жәриялады. Бул ҳаққында МИР 24 телеканалы хабар берди, деп жазады «Халқ сўзи».
Гәп Қубла Кореяның Samsung компаниясы тәрепинен ислеп шығарылған бүгилиўшең телевизор ҳаққында болып, бундай экран 2019-жылға келип реаллыққа айланыўы айтылмақта. Ҳәзирги ўақытта LG да дәл усы жөнелисте жумыс алып бармақта. Бул бренд тәрепинен 2018-жылы CES 2018 көргизбесинде көрсетилген модель төменге қарап бүкленсе, корейслердиң экраны болса тап аккордеон ямаса қағазға уқсап оралады.
Бул қурылма усы жыл 8-11-январь күнлери Лас-Вегаста өткерилетуғын нәўбеттеги CES  көргизбесинде көрсетиледи. LG болса дәл усы форумда өз өниминиң коммерциалық үлгисин усынады.
 
    2019-01-08 17:13:49 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine